Хожелиде 30 шаңарақ уй-жай менен тамийинленди
- 10.07.2019, 21:18,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 573
Бугин Хожели районы «Жан-Коңырат» МПЖ аймағында 30 шаңарақ уй-жай менен тамийинленди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 -2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңа үлгили жойбарлар тийкарында арзан үй-жайлар салыў бағдарламасы ҳақкында» ПҚ-2639-санлы қарары талаплары орынлаў мақсетинде, Хожели Районы «Жан-Коңырат» МПЖ аймағында баслаңғыш төлеми мәмлекет тәрепинен төлеп қурылган турақ жайлардың ашылыў мәресими болып өтти.

Илажди район ҳәкими Ж.Ермашев ашып берди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы ҳаял қызлар комитети баслығы З.Ибрагимова, Хожели районы ҳәким орынбасары ҳаял-қызлар комитети баслығы С.Дурсимбетова ҳәм басқа да мийманлар қатнасты.

Районда үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж, бир үйде көпшилик болып жасайтуғын шаңарақлар, перзентлерин кем тәмийинленген шаңарақларда тәрбиялап атырған, соның менен бирге, шаңарағында нәгиранлығы болған, нәгиранлыққа алып келиўши кеселликке шалынған, бағыўшысын жойытқан ҳәм бақада 30 шаңарақ баслаңғыш төлеми мәмлекет тәрепинен төлеп берилген уй-жай менен тамийинленди.
Жаратылып атырған бундай шараятлардан хажы ана Наргул Тажимуратова Президентимизге, район ҳәкимине ҳәм ҳаял-кызлар комитетине өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.

скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+