13-август күни Қорғаныў министри тәрепинен тастыйықланған жобаға көре, Нөкис қаласы Жас тамашагөйлер театрында министрликтиң жуўапкер шахслар қатнасында көшпели қабыллаў өткерилди.

Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаментиниң хабар бериўинше әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары және әскерий пенсионерлер, пуқаралардаң машқалалары, талап, усыныс ҳәм мүтәжликлерин үйрениў, оларға әмелий жәрдем бериў мақсетинде шөлкемлестирилген көшпели қабыллаў даўамында 146 мүрәжат көрип шығылды.
96 мүрәжат қабыллаў даўамында унамлы шешим тапды, 49 мүрәжатқа көрип шығыў мәселеси қойылды.
Сержант Элмурод Шариповтың анасы Жүмәгүл Булсакова баласына Нөкис қаласынан үй берилиў бойынша мүрәжаты унамлы шешип табылып, 2020-жылда үш ханалы үй менен тәмийнленетуғын болды.
Аға сержант Баҳадир Мамутов бир неше жыллардан берли шаңарағынан узақта, Ферғана ўалаятында хызмет өтеп атырған еди, сержанттың өмирлик жолдасы Саятхан Хутимованың мүрәжаты инәбатқа алынып, Б.Мамутовтың хызмет орны Нөкис қаласына көширилетуғын болды.
Еслетип өтемиз, нәўбеттеги көшпели қабыллаў 14-август күни Устурт Газ-химия комплекси ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлигинде болып өтеди.
скачать dle 11.3