Бул ҳаққында Мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласында қурылып атырған Президент мектеби менен танысыў ўақтында
айтып өтти.
Шавкат Мирзиёев Президент мектеплерин шөлкемлестириў басламасын өткен жылы дәл Нөкис қаласында жәриялаған еди, буны Қарақалпақстаннан баслаўды усыныс еткен еди.
Усы жылы 20-февральда бул бойынша Президент қарары қабылланды.
Нөкис қаласында да бул мектеп қурылысы тез пәтлер менен алып барылмақта.
Кембридж университети менен шерикшиликтеги Имтиҳан кеңеси тәрепинен өткерилген қабыллаў процесслеринде билимге қумар балалар сайлап алынды.
Шавкат Мирзиёев мектептиң имараты да, мәғрипети де жетик болыўы кереклигин, соның ушын оны асықпастан, сапалы қурып, Конституция байрамында пайдаланыўға тапсырыў кереклигин айтып өтти. Оған шекем оқыўшылар басқа имаратта оқып турады.
Мектепте сабақлар шет ел қәнигелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў реже ҳәм “STEAM” бағдарламасы тийкарында инглиз тилинде алып барылады. Математика, физика, химия, биология ҳәм информация технологиялары және тиллер алдағы тәлим методологиялары тийкарында терең үйретиледи.
Президентимиз билим дәргайи ушын педагоглар қалай таңлап атырғаны менен қызықты.
- Бул мектеплердиң муғаллими де, оқыўшысы да ең үлгили болыўы керек, - деди Президент. – Терең билим менен бирге руўҳыйлық, ўатансүйиўшилик сезими де сиңдирилиўи керек. Бул жерге билимли балалар келиўи ушын ҳәр бир районда базалық бақша ҳәм мектеплер қәлиплесиўи керек. Сонда улыўма билим, дәреже, тәлим орталығы өзгереди.
Аўдарма: makan.uz
скачать dle 11.3