ТИТУ Нɵкис филиалы студенти «5Т» Республика жаслар форумында қатнасты
- 22.10.2019, 09:49,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 469
Усы жылдың 19-20-октябрь күнлери аралығында Самарқанд қаласында Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң жасларға тийисли бес басламасы тийкарында «5Т» Жаслар форумы болып ɵтти.

Өзбекстан Жаслар Аўқамы, «Жипек жолы» Туризм халықаралық университети ҳəм басқада қатар шɵлкемлер тəрепинен ɵткерилген бул форумда Ташкент информация технологиялары университети Нɵкис филиалы студенти Мадияр Тɵрениязовта белсене қатнасты.

- «Жаслар форумында мен Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң жасларға тийисли бес басламасыныӊ үшинши, яғный Жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен үнемли пайдаланыўды шɵлкемлестириў бағдары бойынша қатнастым ҳәм робототехника бойынша керекли мағлыўматларға ийе болдым»-дейди, форум қатнасыўшысы Мадияр Тɵрениязов.

Мағлыўмат ушын атап ɵтемиз ɵткерилген форумға 1200 талабанлар арасынан жәми 400 қатнасыўшы сайлап алынды.
ТИТУ Нɵкис филиалы Баспасɵз хызмети
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+