Жәрийманың 70%ти төленсе, қалғанынан бас тартылады – ЖҲҚББ
- 06.11.2020, 12:54,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 99
Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған шофёрлар жәрийманың 30%нен азат етилиўи мүмкин. Бул ҳаққында ИИМ ЖҲҚББ Баспасөз хызмети
хабар берди.

Шофёрға жәрийма салыў ҳаққындағы қарар тапсырылғаннан баслап 15 күн ишинде пуқара жәрийманың 70%тин ықтыярый төлесе қалған сумманың 30%тин төлеўден азат етиледи.
Бирақ бул жеңиллик әмел етпейтуғын бир неше жағдайлар бар. Егер шофёрға суд тәрепинен жәрийма салынған болса ямаса жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен судта шағым етилсе, соның менен бирге, сондай ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде тәкирарланған болса 30% жәриймадан азат етилиў жеңиллигинен пайдалана алмайды.
Динара Юсупова
Аўдарма: makan.uz
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+