Дуньядағы ең қысқа авиарейс 80 секунд даўам етеди.
- 02.12.2020, 19:20,
- Дүнья
- 260

Дуньядағы ең қысқа рейс — Loganair компаниясы тәрепинен Шотландияның Уэстрей ҳәм де Папа Уэстрей атаўлары арасында әмелге асырылған 80 секундлық пәрўаз болып есапланады. Еки атаў ортасындағы аралық 2,7 км ди қурайды. Бул жөнелисте Loganair компаниясы 50 жылдан берли жолаўшыларды тасыйды.
Самолёт бортындағы ҳар бир орынның баҳасы, бир тәреплеме ушыўға 17 фунт стерлингти қурайды. Самолёт қонғаннан соң жолаўшыларға, ҳаўа кемеси капитанының қол таңбасы қойылған сертификат бериледи.
Еки атаўды да өз ишине алатуғын - Оркней архипелагында жасаўшылардың саны аз болғаны ушын, ортаға көпир салыўдың қәжети жоқ деп есапланады. Соның ушын адамлар, қоңсы атаўға катерде ямаса самолётта барыўы мүмкин.
Дерее:
https://t.me/nukusairportскачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+