Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов жаңа жыл мүнәсибети менен мәмлекеттиң биринши класс оқыўшыларына жергиликли ислеп шығарылған компьютерлер саўға етиўди тапсырды. Бул ҳаққында Түркменстан Мәмлекетлик мәлимлеме агентлигине мағлыўматларына тийкарланып, Daryo.uz хабар берди.Мәмлекет бас министриниң илим ҳәм билимлендириў бойынша орынбасары Мамметмират Гелдиниязов Президентке Агзйбирлик тилсиматй кәрханасы биринши класс оқыўшылары ушын компьютерлер шығарғанлығы ҳаққында мәлим еткен. Бул компьютерлер техник тәрептен халықаралық стандартларға жуўап бериўи, оларға жүкленген дәстүрлер түрли билимлендириў функцияларын орынлаўы, үш тилде: түркмен, рус ҳәм инглиз тиллеринде ислеўин айтқан. «Бул кәрхананың мектептеги билимлендириў процесин санластырыўға қосқан үлеси болды», деген Гелдиниязов.