Жолға шықтым, халық тилинде «торговый центр» деп аталып кеткен бәндиргиде жөнелисли маршрутты күтип турман. Темир жол вокзалы тәрептен 2-санлы маршрут пенен «Базар стоянка» деген маршрут тынбай өтип атыр. Анық ярым саат турдым ҳәм сонда «Базар стоянка» деген нешинши санлы жөнелис екен деген ойға талдым. Усыған уқсас жазыў қыстырып алған жөнелислерди А.Досназаров көшесинде де көплеп ушыратыўымыз мүмкин. Мәселен, жөнелислер анық санлар менен белгиленген болыўына қарамастан, тендер тәрепинен берилген трафареттиң орнына өз басымшалық пенен «Аэропорт», «Медшкол» «Ресбольница», «Гөне қала», «ЖДвокзал», «Таза базар» сыяқлы жазыўларды қойып алғанлығын ҳәр күни ушыратамыз. Бул бойынша «Узавтотранс» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Бердиевке жолыққанымызда ол төмендегише мағлыўмат берди` «Ең дәслеп мағлыўмат сыпатында соны айтыўымыз мүмкин, бүгинги күнде Нөкис қаласы аймағында 14 автобус жөнелиси бойынша 54 дана автобус, 92 киши автобус жөнелиси бойынша 989 микроавтобуслар (дамас, газель) жолаўшыларға хызмет көрсетип келмекте. Ҳақыйқатқа көз жумып қарамаўымыз тийис, жоқарыда келтирилген жағдайлар ҳақыйқаттан да ушырасып атыр. Үйрениўлер нәтийжесинде, инспекторлар тәрепинен өткерилген рейд тексериўлер даўамында кәрханаларға бекитилген жөнелислерде хызмет көрсетип атырған автотранспорт басқарыўшылары ең соңғы бәндиргиге бармай жөнелис схемасын турпайы түрде бузып атырғанлығы, жол ҳақыны тарифтен тыс, себепсиз көтергенлиги анықланып, тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, кәрханалар тәрепинен автотранспорт айдаўшыларына кәрхана басшыларының буйрықлары тийкарында ис-ҳақыларынан жәрийма өндирилмекте. Мысал етип айтатуғын болсақ, «Аэропорт», «Медшкол», «Ресбольница», «Гөне қала», «ЖДвокзал» «Таза базар» деген трафаретлерлерди қойып алып, ақырғы бәндиргиге бармай атырған автотранспортлардың лицензия карточкалары алынып, кәрхана айдаўшылары Ю.Зайров, Ш.Ембергенов, М.Илаловларға сөгис жәрияланып, айлығынан 30 % жәрийма усланатуғынлығы белгиленген ҳәм «Тим Арт Нукус» кәрханасы айдаўшысы А.Карибаев пенен дүзилген мийнет шәртнамасы бийкар етилип, жумыстан босатылған». Бизге берилген мағлыўматтан көринип турғанындай, басқарма тәрепинен тексериў-рейд жумыслары алып барылып, өзлери бойсыныўы керек болған тәртип ҳәм қағыйдаларға әмел етпейтуғын «өз басымшаларға» шара көрилиўине қарамастан бул ҳәр күни даўам етпекте ҳәм әдет түсине кирип бармақта. Яғный, жолаўшылар да бул жағдайға ҳайран қалмайтуғын дәрежеге жетти. Деген менен жолаўшылардың бир маршрут пенен баратуғын мәнзилине «еки шығын» етип атырғанын, айдаўшылардың нызам талапларын турпайы ҳәм даўамлы түрде бузып киятырғаны бул әйтеўир мәселе емес. Сонлықтан да бул мәселе еле де өз шешимин күтеди. Жуўмақлап айтқанда, көпшиликте бир әдет бар, өзиниң гәпине исендириўи ушын «мине пирли жолда турыппан» деген ибараны ислетеди. Бул тосыннан айтылған емес, әлбетте. Ҳәр күни неше саатлап, қаланың арғы басынан берги басына барып келетуғын «жолдағы» заманласларымыз халықтан «берекет тап, жолыңды берсин» деген ҳақ пәтияны алыўын қәлер едик.