Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы институтқа айландырылады
- 18.12.2020, 11:50,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 347
Ҳүкимтеттиң 2020-жыл 15-декабрьдеги 788-санлы қарары менен Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы институтқа айландырылады.

«huquqiyaxborot» каналының жазыўынша Аграр билимлендириў системасынының 2030-жылға шекем болған инновацион раўажландырыў стратегиясы тастыйықланды.
Қарарға муўапық, аўыл хожалығында «Smart agriculture» ҳәм санлы технологиялар енгизиледи.
Стратегияға көре, 2030-жылға шекем 30 сырт ел ЖОО менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламалары шөлкемлестиледи, аўыл хожалығы тараўында көрсетилетуғын интерактив хизметлер саны 20 ға жеткериледи.
Сондай-ақ, Аграр билимлендириў системасында ЖОО ларды дүньяның белгили 1000 жоқары оқыў орынлары дизимне киргизиў илажлари көриледи.
2020/2021 оқыў жылынан тараўдағы барлық бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринде билимлендириўдиң кредит-модуль системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.
Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис, Термиз ҳәм Самарқанд филиаллары институтқа айландырылады.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+