Сизди халық қызықшы сыпатында жақсы таныйды, продюссер болыўыӊызға не себеп болған?
Мәденият тараўына кирип келген ўақытымнан баслап продюссерликти алдыма мақсе етип қойғанман. Бул кеше ямаса бүгин пайда болған емес он жыл алдынғы режеге киритилген еди.«Жақсы орай»ды ашыўыӊызға не түртки болды?
Алдын айтып өткенимдей неше жыллар берли алдымызға қойған максетимиз еди ҳәм усы тараўда бир неше шәкиртлерди таярлап шығарыў мақсетинде ашылды.
Сиз бенен бирге ислеўши жасларға қандай талап қойылады?
Биринши гезекте тәртип ҳәм адамгершилик, талант мен ушын 3 орында турады. Себеби таланттан бурын жуўапкершилик ҳәм адамгершилик керек деп ойлайман.
Бир клипты халыққа усыныў ушын қанша ўақы кетеди?
Егер тез исленсе бир хәпте, он күнде усынсақ болады. Ал, жумыс тезлиги пәсейсе бир айға созылыўы мүмкин.
Бул орай қайсы тараўдағы жасларды қоллап қуўатлайды?
Орайымыз өткен жылы ашылған болса оған кастинг өткерип жетпис катнасыўшыдан жетеўи ҳәзирде орайымызда жумыс ислеп атыр.
Және де, усы жылы февраль ҳәм март айларында республика көлеминде кызықшылық, сөз өнерине, лақкышылыққа, қызығыўшы жаслар ушын кастинг өткериўди режелестиргенбиз.Усы тараўда ислеў ушын қайсы жоқары оқыў орнын питкергенсиз?
Қызықшылық яки продюссерлик ушын қайсыдур оқыў орынынӊ дипломы шәрт емес. Сол қатары, мен өзим Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллер факультетин питкергенмен ҳәм сол жерде еки жыл жумыс ислегенмен.
Келешекте алдыӊызға қойған қандай режелериӊиз бар?
Улыўма режелеримниӊ ишинде қарақалпақ күлкисин дүнья жүзине танытыў бар еди, бирақ оған ерисе алмадым. Деген менен ҳәзирде мәденият тараўындағы жасларды қоллап-қуўатлап, елимизде қосықшылық ҳәм қызықшылық тараўын раўажландырыў.
Өзиӊизде қосық айтып турасызба?
Арасында, жигитлер менен ушырасып отырысқанда атйп тураман.Инсан өмирде өз кәсибинен басқа және бир кызығыўшылығы яғный хоббийы болады, сизиӊ хаббийыӊыз қандай?
Тийкарынан Футбол ойнаўды ҳәм тамаша етўди жақтыраман. Және итернет тармағы пенен көбирек ислесемен.