
Мойнақ районлық ишки ислер бөлими тəрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинң 226-статьясы 2-бөлиминиң «б» б1нтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланып, тергеўден қашып жүрген, 1967-жылы 27-ноябрьде Мойнақ районында туӯылған, «Қазақдəрья» АПЖ турғыны, миллети қарақалпақ, бас шарасы етип қамаққа алыў белгиленген, аса қəўипли рецидивист Ауезов Оразалы изленбекте.
Белгилери: бойы 170-175 см шамасында, шашы сарығыш рең, мурны узын, аўзы орташа, көзи үлкен, жүзи домалақтан келген ҳəм сарығыш рең.
Айрықша белгилери жоқ.
Жоқарыдағы сүўреттеги излениўде жүрген жынаятшыны қай жерде болмасын көрген-билгенлер, ҳəзирги күнде оның жасырынып ҳəм жасап атырған орнын билетуғынлар болса төмендеги телефонларға қоңыраў етип байланысыўын ямаса РИИБ нəўбетшилик бөлимине келип хабарлаӯын соранамыз.
Телефонлар: (61) 322-12-41, (61) 322-11-85, (61) 322-11-32 (РИИБ); (61) eww-qw-0w (нəӯбетшилик бөлими), (61) 322-17-39 (факс)
Жынаятшыны қолға алыўда көрсеткен жəрдемиңиз ушын алдыннан миннетдаршылық билдиремиз.
Мойнақ районлық ишки ислер бөлими.
скачать dle 11.3