Мектеп оқытыўшыларының жолдағы ңәўбетшилиги бойынша рәсмий жуўап
- 07.01.2021, 11:26,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 161
Социаллық тармақларда Нөкис қаласында мектеп оқытыўшылары жолда мәжбүрий нәўбетшилик қылмақта атлы видео жәрияланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў сондай-ақ, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде ҳәр куни басқарма хызметкерлери хызмет орынларына бириктирилетуғынын мәлим етпекте.
Пуқаралардың кәўипсизлигин тәмийнлеў менен бир қатарда өсип киятырған жас әўладтыңда кәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мектеп оқыўшыларының азанда ҳәмде туски ўақытлары мектеп әтирапындағы пиядалар өтиў орынларынан қәўипсиз өткериў мақсетинде ЖПХ инспекторлары бириктирилип ҳызметкерлер өз ўәзийпасын ҳәр куни атқарып келмекте, ал басқа ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы Халық тәлими министрлиги сондай-ақ, барлық мектеп директорларының усыныслары менен «Мектеп нәўбетшилери» шөлкемлестирилген.
Мектеп нәўбетшилериниң кәўипсизлигин тәмийнлеў мәқсетинде нур қаўтарыўшы желетлер ҳәмде байрақшалар ислеп тарқатылған.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+