Жынаят ислери бойынша Хожели районы судында 2020-жыл даўамында 114 пуқараға қарата инсаныйлық акти қолланылды
- 09.01.2021, 17:59,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 81
Бул шахслар илгери жынаят сәдир етип, Хожели ҳәм Тақыятас районы ИИО Пробация топары қадағалаўында бир жыл даўамында суд тәрепинен тайынланған жазаны өтеп келип, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, руўхан дүзелгени, жынайый қылмысының ақыбетин терең аңлап жетип, әмелде пушайман болғанлықлары мүнәсибети менен шәртли рәўиште суд залынан азат етилди.
Соңғы ўақытларда судлар тәрепинен жийи-жийи қолланылып атырған бундай инсаныйлық актлери мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларының нәтийжеси, сондай-ақ мәмлекетимиз басшысының инсан ҳуқықларының ҳәмме нәрседен үстин екенлигини тәмийинлеўге қаратылған әдил сиясатының айқын көриниси болып табылады.
Дерек: http://xodjeylirk.uz/
И.Алланиязов
Жынаят ислери бойынша
Хожели районы судының баслығы
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+