Оқыўшылардыӊ бир бөлегине онлайн-тәлимди даўам етиўге рухсат берилди
Халық билимлендириў министри айырым оқыўшылар ушын 11-январьдан баслап аралықтан оқыўды даўам етиў ушын имканият жаратылғанын мәлим етти. Алдын, үшинши шеректен баслап барлық мектеплер дәстүрий тәлим түрине өтиўи белгиленген еди. Бул дағаза «социал тармақларда көплеген қарсылықларды» келтирип шығарды, деп тән алады министрлик.
«Қысқы тәлим басланыўынан алдын оқыўшылардыӊ 90 пайызы дәстүрий тәлим түрине қайтты. Биздиӊ мақсетимиз оқыўшылардыӊ қалған 10 пайызын қаплап алыў еди», делинеди хабарда.
Министрлик өз перзентлерин мектепке жибермейтуғын ата-аналарды «үйде оқыў ушын барлық зәрүр шәраятларды жаратып бериўге» ҳәм бул процессти «толық бақлаў астында» өткериўге шақырды, деп жазады @gazetauz_uzb телеграм каналы.
Аўдарма: makan.uz
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+