Жүрек ҳаққында қызықлы фактлер
Жасы үлкенлерде ол орташа 300 грамм болса, нәрестелерде 22 грамм аўырлыққа ийе. Яғный, дене салмағының 0,8 пайызын қурайды.
Жүрек көлемин түсиндириў ушын әпиўайы ҳәм әзелий усыл қолланылады – мушыңызды түйиң, жүрегиңиз көлемин билип аласыз. Енди сол мушыңыздың арасына теннис тобын алып бар күшиңиз бенен қысың ҳәм жүрек қандай күш пенен ислеўин түсинесиз.
Үлкенлерде минутына жүрек урыўлар саны 60-85 болса, нәрестелерде бул көрсеткиш 150 ге дейин жетеди.
Ҳаяллар жүреги ер адамлардикине салыстырғанда тезирек урады.
Адам орташа өмири даўамында жүрек қан тамырлар арқалы шама менен 1,5 млн баррел қан айдайды. Әпиўайырақ түсиниў ушын бул 200 цистерна (вагон)ға тең.
Жүректи қуўатландырыў, саламат сақлаў ушын жақсы кейпият кереклиги әллеқашан өз дәлилин тапқан. Мәселен – күлги тамырлар тартылыўын пәсейтеди, бул болса қан айланысын жақсылайды.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+