Дуньядағы ең узақ даўам еткен пәрўаз 19 саат 14 минут даўам еткен
- 12.01.2021, 17:25,
- Дүнья
- 107

«Нөкис халық аралық аэропорты»ниң рәсмий каналы дуньядағы ең узақ даўам еткен пәрўазҳаққында мағлыўмат берди.
FlightAware’дағы мағлыўматлар қарағанда бул пәрўаз 2019-жылдың 20-октябрь күни әмелге асырылған. Австралияның «Qantas» авиакомпаниясына тийисли Boeing 787-9 лайнери арқалы Нью-Йорктан Сидней қаласына әмелге асырылған рейс ең узақ, тоқтаўсыз даўам еткен пәрўаз болған.
Пәрўаздың улыўма ўақты: 19 саат 14 минутты қураған. Самолёт 16 мың 309 км аралықты басып өтип, 37 минут кешигиў менен мәнзилине келип қонады.
Алдыңғы рекорд, Нью-Йорктан Сингапурға әмелге асырылған авиарейске тийисли болған. Пәрўаз 18 саат 50 минут даўам еткен, басып өтилген аралық болса 15 мың 345 км ди кураған.
Айрым дереклерде тарыйхтағы ең узақ даўам еткен пәрўаз 1986-жылы әмелге асырылған деп жазылады. Бул Рекорд «Voyager» ушыўшысы тәрепинен орнатылған. Лайнер ҳаўада жанылғы қуймастан 9 күн, 3 минут ҳам 44 секунд даўамында 40 мың км’ден кобирек аралықты басып өткен.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+