ДСМ: Қурамалы операциядан кейин наўқастың аяқлары сезе баслады
- 13.01.2021, 12:54,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 127
Сезиўшеңликти жойтқан аяқлар жоқары категориялы нейрохирург шыпакер, м.и.к. С.М.Бегалиев тәрепинен исленген қурамалы операциядан соң және сезе баслады.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, 2002-жыл туўылған Г.Г. еки аяғында ҳәрекеттиӊ болмаўы, аяқларында улыўма сезиўдиӊ жоқлығы менен тез жәрдем автомобилинде алып келинген. Наўқастыӊ айтыўы бойынша кеселлик 2 ай алдын басланған.
Наўқас нейрохирург шыпакерлер тәрепинен неврологиялық тексериўден өткерилгенде: эпигастрал бөлимнен төменде сезиўшеӊликтиӊ төменлеўи (гипоэстезия) ҳәм жоғалыўы (анестезия), аяқларда ҳәрекеттиң улыўма болмаўы (төменги параплегия), дизе, ахиллрефлекслердиӊ улыўма шақырылмаўы анықланды. Омыртқаныӊ көкирек бөлими МРТ тексерилиўинде vTh4-5 көкирек омыртқасыныӊ туўрысында арқа мийдиӊ экстрамедуляр өспеси барлығы, өспениӊ арқа мийди қысып турғанлығы мәлим болды.
Наўқас Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы директоры, жоқары категориялы нейрохирург шыпакер, м.и.к. С.М.Бегалиев тәрепинен көрилип, тезлик пенен операция жолы менен емлеў әмелге асырылды.
Наўқастыӊ барлық қан анализлери алынып, С.М.Бегалиев тәрепинен арқа мийдиӊ экстрамедуляр өспесиниң алып тасланыў операциясы исленди.
Операциядан кейин наўқаста неврологиялық статусында регресс пайда болып, бир күннен соӊ аяқларда сезиўшеӊликтиӊ басланыўы, аяқларда ҳәрекеттиӊ пайда болыў белгилери жүзеге келди. Солай етип, операция табыслы әмелге асырылды.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+