Ишки ислер органларына жумысқа киргизиўди ўәде еткен шахсқа жынаят иси қозғатылды
- 13.01.2021, 20:55,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 155

Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Т.Б Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлимине, арза менен мүрәжет етип, Шымбай районында жасаўшы пуқара Қ.У ишки ислер органларына жумысқа киргизиўди ўәде етип, буның ушын 45.000.000 сом пулларды пара есабында талап етип атырғанлығын билдирген ҳәм жағдай бойынша нызамлы шара көриўди
сораған.
Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети жазыўынша, Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими ҳәм басқа ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлери менен биргеликте усы жылдың 12-январь күни өткерилген оператив иләж даўамында пуқара Қ.У пуқара Т.Бдан ишки ислер органларына жумысқа киргизиў есесине талап етилген пуллардың 25 миллион сом пулын алған ўақытында иләж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынған.
Жағдай бойынша, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен пуқара, К.Удың қарсысына, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳазирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+