(Президент мүрəжатына мүнəсибеттен)
Орайлық Азиядағы глобал көлемдеги машқала – Арал теңизи қурыўының ақыбетлери екенлиги ҳеш биримизге сыр емес. Тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил регионның тәшиўишин өзи ушын жат санамайтуғын Президентимиз дүнья жәмийетшилиги итибарын қайта-қайта бул мәселеге қаратып киятырғанлығы болса глобал апатшылықтың оғада әҳмийетлилигин көрсетип турыпты.
Атап айтқанда, 2017-жыл 19-сентябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясындағы шығып сөйлеўинде алға қойылған баслама тийкарында Аралбойы регионы ушын БМШ басшылығында Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик Траст фонды шөлкемлестирилген еди. Ҳәзирге шекем бул қорға 26 миллион доллар тартылған болса, жақын еки жылда және 250 миллион доллар тартылады. Бул қаржылар ишимлик суўы, халықтың саламатлығы ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик, экология, ирригация-мелиорация системаларын жақсылаў жойбарларына бағдарланады.
Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде «Жасыл қапламалар» қорғаў тоғайларын қурыў мақсетинде 1 миллион 167 мың гектар майданда сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа да өсимликлер егилди. Бул жумыслар ҳәзирги күнде де қызғын даўам етпекте ҳәм усы жылы 450 мың гектар майданда егиледи.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 23-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының видео-конференция түринде өткерилген сессиясына шығып сөйлеген сөзинде болса Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў бойынша баслама менен шықты. Арал машқаласы бойынша жумыслардың логикалық даўамы сыпатында, Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша турақлы жумыс ислеўши комитет шөлкемлестирилди.
Әлбетте, бул ҳәрекетлердиң барлығы Аралбойы регионын раўажландырыў ҳәм оның халқының турмысын жақсылаў, соның ишинде, пуқараларымыздың денсаўлығын сақлаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў имканиятларын жаратпақта.
Қаҳраман САРИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы
скачать dle 11.3