«Қарақалпақтың биринши десант» қызы 80 жаста
- 27.01.2021, 20:16,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 208
«Қарақалпақтың биринши десант» қызы Шәригүл Юсупбаева 1959-жылы Ташкет аўыл хожалық институтының экономика ҳәм бугалтерия есап факультетине оқыўға киреди ҳәм сол ўақытта Институтта бар болған ҳәр қыйлы дөгереклердиң биреўине қатнасыўы шәрт болған.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, Шәригүл Юсупбаева ДОСААФтың парашюттан секириў дөгерегине қатнасып, 1961-жылы март айында АН-2 самолётында 800 метрден ҳәм келеси айы 1км
секирген.
Шәригүл Юсупбаева сол ўақыттан баслап «Қарақалпақтың биринши десант» қызы аты менен танылды.
80 жаслы «Қарақалпақтың биринши десант» қызы Шәригүл Юсупбаева Нөкис районы «Қырантаў» АПЖ аймағында жасап келмекте.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+