Рәсмий: 5 автомобильге зыян жеткерген шофёр спиртли ишимлик ишгени анықланды
- 31.01.2021, 16:57,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 205
Социаллық таррмакларда 2021-жыл 30-январь күни Нөкис қаласында Мәмлекетлик автомобиль инспекциясы алдында бир транспорт басқарыўшысының абайсызлығы нәтийжесинде 5 автомобиль зыян көргенлиги бойынша видео тарқалған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы Баспа сөз топарының мәлим етиўинше, 2021-жыл 30-январь күни саат 16:00 лер шамасында Халықаралық әҳимийетке ийе А-380 автомобиль жолының 771 км де Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы имараты алдында турған хызметкерлериниң, бир хызмет автомашинасы, төрт хызметкердиң жеке автомашинасын усы жолда Тахияташ районы тәрепинен ҳәрекетленип киятырған Нексия 3 автомашинасы басқарыўшысы У.Р. роль басқарыўын жоғалтып қарама-қарсы тәрепке шығып кетиўи нәтийжесинде Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы алдында турған автомашиналарға барып урылған, ҳәмде бес автомашинаға материаллық жақтан зыян келтирген.
Бул айдаўшы спиртли ишимлик ишкенликте гуман қылынып Республикалық Наркология диспанцери көригинен өткерилгенде бул айдаўшы спиртли ишимлик ишкенлиги анықланды, ҳәм алған дене жарақаты себепли емлеўханаға жатқарылды.
Бул ўақыя бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+