Xалықаралық пуқара авиациясы шөлкеминиң (ICAO) мағлыуматларына көре, 2019-жылда жолаўшы тасыў көлеми 4,5 миллиард адамды қураған болса, 2020-жылда бул көрсеткиш дерлик үш есеге кемейип, бары-жоғы 1,8 миллиард жолаўшы хаўаға көтерилген. Авиакомпаниялардың финанслық зыян көриўи, экспертлердиң пикиринше, 370 миллиард долларды қураған. Аэропортлар 115 миллиард, аэронавигация хызметлерин жеткерип бериўшилер (ANSP) 13 миллард доллар жойытқан, деп жазады Nukus International Airport каналы daryo.uz’ға тийкарланып. Халықаралық пуқара авиациясы шөлкеминиң айтыўынша, хаўа қатнаўының қысқарыў тенденциясын 2020-жылдың январь айында сезиў мүмкин еди, бирақ бул - тек бир неше мәмлекетлерге тийисли болған. Март айының соңында хаўа транспорты хызмети дерлик тоқтады. Апрель айында дерлик бәрше еллерде қатаң шеклеўлер орнатылды. Бул жағдайдан соң жолаўшылар саны 2019-жылға салыстырғанда 92% ке, ишки хаўа қатнаўы 87% ке кемейген. Жаз мәўсиминде жолаўшыларды тасыў тиклене баслады, бирақ гүз мәўсимине келип бир қатар мәмлекетлер коронавирустың екинши толқынына дус келди ҳәм шеклеўлер және қайтты. ICAO шөлкеминиң хабар бериўинше, коронавирус пенен байланыслы жағдай азлы-көп турақласыўы менен мәмлекетлерге ишки рейслер өсими басланды. Бул, әсиресе, Қытай ҳәм Россияда сезилди. Бул жерде ишки жолаўшы тасыў әллеқашан пандемиядан алдыңғы дәрежесине қайтқан.скачать dle 11.3