«Nukus city»де үлкен муғдардағы бюджет қаржылары талан-тараж етилген
- 04.02.2021, 23:31,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 150
«Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлери қурылысы бойынша инжинеринг компаниясы» МУК Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳәм «Granit Montaj stroy» ЖШЖ тәрепинен Нөкистеги А.Шамуратова көшеси автомобиль жолының асфальт қапламасын қайта тиклеў ҳәм «Nukus city» орайындағы көп қабатлы үйлердиң суў ҳәм канализация тармақларын реконструкция етиў жумысларын әмелге асырыў бойынша улыўма қуны 3 млрд 567,7 млн сўмлы пудрат шәртнамасы дүзилген.
Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы берген мағлыўматқа тийкарланып, «
Қорақалпоғистон|Kun.uz» хабар берди.
Онда айтылыўынша, «Granit Montaj Stroy» ЖШЖ тәрепинен 236,5 млн сўмлық асфальт қапламасы ҳәм улыўма қуны 9,6 млн сўмлық суў тармақларын реконструкциялаў жумыслары толық исленбеген.
Соған қарамастан, бул жумыслар исленбегенлиги ҳаққындағы рәсмий ҳүжжет есапланған есап-фактураларға жалған мағлыўматлар ҳәм жазыўлар киритилип, жәми 246,1 млн сўмлық бюджет қаржылары өзлестирилгенлиги анықланды.
Жағдай бойынша Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен лаўазымлы шахсларға қарата Жынаят Кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылған.
Ҳәзир Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен дәcлепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Дерек: KRuz.uz
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+