Бул штаб тек ғана қадағалаўшы емес, жаслар мүрәжатларын қабыллаўы да керек - А.Данияров
- 15.02.2021, 14:45,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 66

Бүгин, 15-февраль күни Қоңырат районындағы «Әдебият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 22 жумыссыз жасқа жер ажыратылмақта.
- Жумыссыз жаслар ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдалана билсе, елимиз және де раўажланады. Жумыссыз жас түсиниги пүткиллей жоққа айланса ҳеш гәп емес, бул сиз жасларға байланыслы дейди, - сенатор Абат Данияров.

Сондай-ақ, А.Данияров Қоңырат районындағы Жасларға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалаўшы штаб ушын белгиленген орынды барып көрди ҳәм ол жердеги шәраятлар менен танысты.
-Бул штаб тек ғана қадағалаўшы емес, жаслар мүрәжатлерин қабыллаўы да керек. Қоңыраттағы бул штаб барлық қала ҳәм районлар ушын Қарақалпақстандағы үлгили штаб болыўы керек, - деди сенатор А.Данияров.

Билдирилген усыныстан соң, район орайындағы бул штабта пуқаралар мүрәжатлары да қабылланатуғын болды ҳәм барлық шәраятларға ийе штаб бүгин кешке шекем таяр ҳалға келтириледи.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+