Қараөзекте алдын судланған беc пуқара мүддетинен алдын азат етилди
- 15.02.2021, 21:10,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 86
Жынаят ислери бойынша Қараɵзек районы суды тәрепинен 15-февраль күни Қараɵзек районы ишки ислер органы пробация топарының усынысы көрип шығылды.
Усынысқа тийкар жаза ɵтеп атырған 5 пуқара жазаны өтеў дәўиринде тәртип-интизамларға толық әмел еткенлиги, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын есапқа алып, жазаны өтеўде мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Жазаның өтелмеген мүддети даўамында қастан жаңа жынаят ислеген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 60-статьясында назерде тутылған қағыйдаларға муўапык жаза тайынланатуғынлығы хаққында түсиндирип ɵтилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+