ЖҲҚБ Баспа сөз хызмети: «Cobalt» басқарыўшысының денсаўлығы жақсы
- 16.02.2021, 17:03,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 124
2021-жыл 15-февраль куни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы аймағынан өтиўши 4Р-174 автомобиль жолының 5-6 км аралығында жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген.
«Cobalt» маркалы автотранспорт басқарыўшысы А.Т Хожели районынан Нөкис қаласына ҳәрекетленип киятырып итибарсызлық ақыбетинде роль басқарыўын жойтып, жол шетиндеги бетон тосыққа урылған ҳәм жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген.
Транспорт басқарыўшысы А.Т. айдаўшы есин жоғалтып дене жарақатын алып Хожели районлық емлеўханасына жатқызылған. Ҳәзирги ўақытта бул айдаўшының ден саўлығы жақсы екенлиги сондай-ақ, автомашина салоны ишинде басқа жолаўшылар жоқ екенлиги мәлим болды. Бул жол транспорт ҳәдийсеси бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ Баспа сөз хызмети
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+