Шаңарақтағы жалғыз ул балаларға туўылып өскен аймағында хызмет етиў ҳуқықы берилди
- 17.02.2021, 10:33,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 65
Шаңарақтағы жалғыз ул балаларға туўылып өскен аймағында хызмет етиў ҳуқықы берилди. Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги кадрлар бас басқармасы баслығы Шермуҳаммад Саидаҳматов АОКАда болып өткен баспасөз конференциясында мәлим етти, деп жазады «
Qalampir».
«Алдын басқа ўәлаят әскерий хызметшиси өзиниң ўәлаятында хызмет етиўи мүмкин емес еди. Президенттиң тийисли Қарарына бола, Нызамға аймақлық принцип деген түсиник киргизилди. Айырым лаўазым ҳәм қәнигеликлерге өз аймағында хызмет етиў имканы жаратылды», деди ол.
Саидаҳматовқа бола, алдын шаңарақта жалғыз перзент болса, туўылып өскен орнында хызмет етиўи мүмкин еди. Ҳәзир тек ғана жалғыз перзент, ал шаңарақта жалғыз ул бала болса да, туўылып өскен аймағында хызмет етиў ҳуқықы берилди.
Аўдарма: makan.uz
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+