Суў жеткерип бериўши автотранспортты ўақты тазаламаған шофёрға интизамий жаза қолланылды
- 19.02.2021, 11:35,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 62

@ayamawiz каналында Қоңырат районы «Көқдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Қум аўылына тасымалы тәризде жеткерилип берилген суўдың патаслығы ҳаққында мүрәжат жәрияланған еди.Бул бойынша «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Лабаратория бөлими ҳәм Мәлимлеме хызмети тәрепинен орынға барып үйренилди.
Жәмийтетиң мәлим етиўинше, бул жерге тасымалы түрде жеткерилип берилген ишимлик суў, ҳақыйқатында да талап дәрежесинде емес екенлиги анықланды.
Яғный районлық филиалда траснпорт басқарыўшысы Б.А. итибарсизлық бенен тасымалы суўды жеткерип бериўши автотранспортты өзиниң арнаўлы усыллары арқалы тазаламай турып, «Әжинияз суў бөлистириў бөлими»нен суў алып «Қум аўыл»ға жеткерип берген.
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ жүз берген кеўилсиз жағдайдан кеширим сорамақта. Сондай-ақ, пуқаралардың қабыллап алған суўларын төгип, үй алдына орнатылған жасалма қудықларын арнаўлы тәризде тазалап, тазадан ишимлик суўы менен тәмийинлеп бериледи, делинеди хабарда.
Тасымалы суўды жеткерип бериўде итибарсиз болған қәнигеге интизамий жаза шарасы көрилди. Ҳәзирде аўыл турғынларының қудықлары басқышпа-басқыш тазаланбақта.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+