Қарақалпақстан Республикасы суды имараты ысытыў тармағында жарылыў жүз берди
- 22.02.2021, 18:13,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 76
2021-жылдың 22-февраль күни таңғы саат 04:00 лер шамасында Қарақалпақстан Республикасы суды имараты яғный Нөкис қаласы И.Каримов көшеси 122-жайдың ысытыў тармағында жарылыў жүз берди.
Қарақалпақстан Республикасы судының мәлим етиўинше, жарылыў ақыбетинде жарақат алғанлар ҳәм жәбирленгенлер жоқ. Суд имараты ҳәм оған жақын жайласқан қоңсы үйлердиң айналары сынып, зыян жеткерилген. Жеткерилген зыян ақыбети жеткерилген зыян суд департаменти тарепинен сапластырылмақта.
Ўақыя бойынша Қарақалпақстан Респўбликасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм ЖШмБИ топары баслығы аға лейтенант Айбек Абдирахманов пенен байланысқанымызда жарылыў ақыбетинде өрт келип шықпағанын мәлим етти.
Ўақыя себеби тийисли тараў қәнигелери тәрепинен үйренилмекте. Нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи, делинеди ҚР Суды хабарында.
zaman.uz
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+