Тѳрткүлде 1930-жылларда қурылған «Мискин баба» жоме мешитиниң жаңа имәраты пайдалынылыўға тапсырылды
- 22.02.2021, 22:52,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 45
Тѳрткүл районында 1930-жылларда қурылған «Мискин баба» жоме мешитиниң ески имәратының орнына жаңа имәрат қурылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәлим етти. Тѳрткүл районындағы «Ақ қамиш» аўыл пуқаралары жыйыны аймағындағы «Мискин баба» жоме мешитиниң ески имәраты 1930-жылларда қурылғанлықтан, бүгинги күнде мешит имараты авария аўҳалына келип қалған еди.
Жергиликли ҳǝкимият пенен келискен ҳалда, тийисли шѳлкемлердиң рухсаты менен, юридикалық мǝнзили ѳзгермеген ҳалда, «Ақ қамиш» аўыл пуқаралары жыйыны аймағынан усы мешиттиң жаңа имаратын қурыў жумыслары басланды ҳәм арадан 4 жыл ѳтип АПЖ турғынларының, жергиликли исбилерменлердиң ҳǝм район ҳǝкимиятының жақыннан берген кѳмеги нǝтийжесинде мешиттиң жаңа имараты қурып питкерилди.
22-февраль күни «Мискин баба» жоме мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мǝресими болды. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Тѳрткүл районы ҳǝкими Р.Шамуратов, имам-хатиблер, нураный ақсақаллар ҳǝм аймақ турғынлары қатнасты.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+