Бозатаўда мәс ҳалында емлеўханағада шаўқым шығарған пуқараға жәрийма жазасы белгиленди
- 22.02.2021, 23:13,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 57
2021-жыл 3-февраль күни саат 22:30 шамасында пуқара А.Р. Бозатаў районы Мәденият көшеси бойында спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында көшеде ҳәр түрли уятлы сөзлерди айтып шаўқым шығарып, пуқаралардың тынышлығын бузып жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен жүргенинде, Бозатаў районы ишки ислер бөлими хызметкерлери пуқараны тәртипке шақырады.
Пуқара районлық ишки ислер бөлими хызметкерлериниң нызамлы талапларын орынламастан, қарсылық көрсеткен.
Бозатаў районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң
жазыўынша, пуқара районлық емлеўханаға алып барылған, бирақ бул жерде де уятлы сөзлер айтып шаўқым шығарып, пуқаралардың тынышлығын бузған.
Жынаят ислери бойына Бозатаў районы судының 2021-жыл 4-февраль күнги қарары менен А.Р. Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 34-статьясына тийкар базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында, яғный 735.000 сум жәрийма жазасы тайынланды, деп жазады Жынаят ислери бойына Бозатаў районы судының баслығы З.Байымбетова.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+