Кадастр паспортын алыў ушын қай жерге мүрәжат етиледи?
- 11.03.2021, 09:17,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 209
Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы мүрәжат етиледи.
МХО ямаса БИМХП: Сораўнаманы тийислилиги бойынша Мәмлектлик кадастрлар палатасының аймақлық филиалларына жибереди.
КАДАСТР ФИЛИАЛИ:
Орынға барып өлшеў жумыслары әмелге асырады ҳәм төлем муғдары көрсетилген хабарнаманы (инвойс) МХОна, арза бериўшиге БИМХП арқалы электрон формада жибереди.
Объект мәнзилин белгилейди ямаса өзгертиреди (талап етилгенде).
Регламентте көрсетилген (объект қурамалығына қарапа) мүддетлерде кадастр паспортын таярлайды.
МХО ямаса БИМХП: Хабарнанамы (инвойс) арза бериўшиге береди. Реал ўақыт режиминде.
Арза бериўши: Хабарнамада (инвойс) белгиленген төлемди төлейди.
МХО ямаса БИМХП: Сиситемадан кадастр паспортын жүклеп алады (басып шығарады) ҳәм арза бериўшиге кадастр паспортын береди.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+