Колония баслығы орынбасарына пара бермекши болған пуқараға жынаят иси қозғатылды
- 14.03.2021, 13:00,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 210

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ 27-санлы колониясында алдын жынаят садыр етип жаза мүддетин өтеп атырған Р.Қ Колония баслығының орынбасары майор К.Бекмуратовқа шәртнама объектлериндеги жумысларға қатнастырмаўын айтып оған 200 мың сўм пулды пара мәқсетинде усыныс еткен. Жағдай ҳаққында колония баслығының орынбасары майор К.Бекмуратов Қарақалпақстан Республикасы ИИМ не билдирги менен мүрәжат еткен.
Бул билдиргиге тийкар, Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлик басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими ҳәм Қоңырат районы прокуратурасы менен биргеликте өткерилген иләж даўамында тутқын Р.Қ. колония баслығы орынбасары майор К.Бекмуратовтың хызмет ханасында 200 мың сум пулларын пара мәқсетинде берген ўақында анық дәлиллер менен қолға алынған. Усы жағдай бойынша Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Қоңырат районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 211-статьясы, 1-бөлими мене жынаят иси ашылып, тергеў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ мәлимлеме хызмети.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+