Рәсмий: Қанлыкөлде жасалма суў объектлеринде суўдың ысырап болыўына жол қойлған гидротехникке ҳәкимшилик ис қозғатылды
- 26.03.2021, 17:33,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 121
Усы жылдың 7-, 8-март күнлери интернет тармақларында Қанлыкөл районы «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жасалма суў объектлеринде суўдың ысырапкершиликке жол қойылып атырғанлығы ҳаққындағы видеокөринислер тарқалды.
Видеоға Қанлыкөл районы ҳәкимлиги мүнәсибет билдирди.
2021-жыл 10-март күни Агро инспекцияның Қанлыкөл районы бөлими суў ресурсларын ҳәм жерлерди қадағалаў аға инспекторы Наўрызбай Толыбаев, «Сары алтын» гидро участкасы гидротехниги Марат Бердиев ҳәм районлық ирригация бөлими гидротехник бақлаўшысы Қуралбай Хиясовлардың қатнасыўында тексериў жумыслары алып барылды.
Тексериў даўамында , Қанлыкөл районы «Қосжап» АПЖ аймағындағы 1808-санлы контур астындағы Р-3 Сары алтын каналындағы суўлар, 2021-жыл 6-7-март күнлери 1786-санлы контур астындағы коллекторға ағып кеткенлиги анықланды.
Үйрениўлер жуўмағына бола, Қанлыкөл районы «Алтынкөл» суў тутыныўшылары бирлеспеси «Сары алтын» гидро участкасы гидротехниги Марат Бердиевқа Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстин 74-статьясы 2-бөлими менен ҳәкимшилик ис қозғатылды.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+