Алимент төлмеген пуқараға 15 сутка қамақ жазасы тайынланды
- 27.03.2021, 10:40,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 169
Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының 2020-жыл 7-августь күнги суд буйрығына көре, қарыздар Ю.Н. дан өндириўши К.А.ның пайдасына, оның тәрбиясындағы жас өспирим перзенти тәмийнаты ушын ҳәр айдағы ис ҳақысы ҳәм басқа дәрәматларының ¼ бөлими муғдарында алимент өндириў белгиленген. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери ўақтында, қарыздар Ю.Н.ның алимент напақасынан қарыздарлығы 2020-жыл 15-июнь күнинен 20-октябрь күнине шекем айына 610 200 сумнан, жәми 2 542 500 сумды қурап, қарыздар бир неше мәрте ескертилиўине қарамастан бас тартып келгенлиги себепли, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы 474-статьясында көрсетилген материаллық жәрдемге мүтәж болған жас өспирим яки мийнетке жарамсыз шахсты, материаллық тәмийинлеўден бас тартқан, яғный оларды материаллық тәрептен тәмийинлеў ушын судтың шешиў қарарына яки суд буйрығы бойынша өндирилиўи лазым болған қаржыны, жәми болып еки айдан артық мүддет ишинде төлемесликте сәўлеленген, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық белгилери бар екенин инәбатқа алып, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында ис қозғалды ҳәм 15 сутка қамақ жазасы тайынланды.
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+