Әмиўдәрьяда аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислеген 4 пуқара үстинен ҳәкимшилик бақлаў орнатылды
- 27.03.2021, 18:32,
- Қарақалпақстан / Жәмийет
- 134

Әмиўдәрья район Манғыт қаласы “Алмазар” МПЖ ҳәкимшилик имаратында ашық көшпели суд мәжииси болып өтти. Онда “Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген айрым категориядағы шахслар үстинен ҳәкимшилик қадағалаў орнатыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ талабынан келип шығып, алдын аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислеген 4 шахс - 5 жыл 6 ай мүддетке еркинен айрыў жазасына судланған Ю.Ш. ҳәм М.Қ., 22 жыл мүддетке судланған Д.Э., ҳәм 16 жыл мүддетке еркинен айрыў жазасына судланған А.Т.лар үстинен ҳәкимшилик бақлаў орнатылды.Әмиўдәрья районы аймағында жынаятшылықтыӊ алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлықлар ислениўин кемейтириў мақсетинде ҳәкимшилик бақлаў орнатылған шахслар менен жеке тәртипте профилактикалық сәўбетлер өткерилди.
С.Давлетмуратов
Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судыныӊ баслығы
скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+