Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳам журналистика факультети Журналистика тәлим бағдары 2015-жылдан берли ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерип киятырған «Жас журналист» таӊлаўыныӊ 2018 жылғы басқышына таӊлаў жәриялайды. Онда журналистика тәлим бағдарында билим алып атырған ҳәм журналистика кафедрасы қасында шөлкемлетирилген «Жас журналистлерди таярлаў» клубы агзалары қатнасыўы мүмкин.
Таӊлаўда журналистика кафедрасында билим алып атырған 1-2-3-4-курс студентлери 2018-жыл 15-январь сәнесинен 2018-жылдыӊ 1-апрель сәнесине шекем Республикалық газета-журналларда ҳәм интернет сайтларда жәрияланған материалларыныӊ көширмелери (копиялары), радио ҳәм телевидение арқалы эфирге жиберилген еситтириў менен көрсетиўлердиң материаллары (дисклери менен) тапсырыўы мүмкин. Таңлаўға келип түскен материаллар комиссия қурамы тәрепинен көрип шығылады ҳәм сыйлы орынлар белгиленеди.
Таӊалаў номинациялары:
1. Ең жақсы баспасөз материалы;
2. Ең жақсы радиоматериал;
3. Ең жақсы телематериал;
4. Ең жақсы интернет материалы;
5. Ең жақсы сын материал;
6. Балалар ушын ең жақсы дөретпе;
7. Университет ҳаққында жазылған ең жақсы (баспасөз, радио, теле) материал;
8. Жаслар турмысына бағышланған ең жақсы (баспасөз, радио, теле) материал;
9. Ең жақсы фотофакт;
10. Ең көп материал жәриялаған автор;
11. ҚМУдыӊ karsu.uz веб-сайтында еӊ көп мақала жәриялаған автор;