Фламинго қуслары Мойнаққа және ушып келмекте (видео)
- 23.04.2019, 09:12,
- Әҳмийетли жаңалықлар / Слайдер
- 1 145
Newmuynakcity каналыныӊ хабар бериўинше Мойнақ районы аймағында жайдасқан Судочье көлине және фламинго қуслары ушып келмекте.
Фото: Newmuynakcity
Судочье көли өзиниӊ жайласыўы бойынша Сибирь ҳәм Тундрадан қублаға ҳәм қубла-шығысқа, ыссы мәмлекетлерге хам арқаға ушатыуғын трансконтинентал мигрант қуслардыӊ батыс-азия миграцион жолында жайласқан.
Бул көл Қарақалпақстан Республикасыныӊ арқа-батысында жайласқан ҳәм бир неше көллер системасынан қуралған (киши хәм үлкен Судочье, Қаратереӊ, Бегдулла айдын, Омар сәлим, Қаражар, Ақушпа ҳәм басқалар). Бул көллер қуслардыӊ уялаўы ҳәм ушып өтиўши қуслардыӊ дем алыў алдынан азықланыў орны болып хызмет етеди.
Орнитолог илимпазлардың пикиринше, жергиликли тилде қызылғаз деп аталатуғын фламинго қуслары Қарақалпақстанда тийкарынан ушып өтиўши, ушыў алдынан азықланыўшы қус сыпатында белгили. Бирақ, қарақалпақстанлы орнитолог илимпазлар 2014-жылы Судочье көллер системасында алып барылған изертлеўлер ўақтында фламингоның үлкен уялаўшы колониясын тапқан еди.
Фламинго қусы Өзбекистан Республикасының Қызыл китабына кирген 40 түрдеги қустың бири саналады.
Сиз көрип турған фотолар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ веб-сайтынан алынды.(sovmin.rk.uz/29.01.2018) скачать dle 11.3
Facebook
Вконтакте
Одноклассники
Google+