Кеше, 14-май күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республиклық бөлими тәрепинен И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп интернатының питкериўши оқыўшылары ушын «Жетискенликке ерисиў сырлары» атамасында шеберлик сабағы болып өтти.Онда жас өнермент, бизнес тренер Жулдыз Турсынбаева өз өнерментшилигин қалай баслағанлығын ҳәм раўажландырғанлығы, хақкында питкериўши жасларға айтып берди.
-Бүгинги күнде миллий нағысларымыз сәўлеленген заманагөй липасларымызға болған талап жоқары. Әсиресе, сырт елли мийманларымыз миллий өнерментшилигимизге үлкен қызығыўшылықлар билдирмекте, - дейди өнермент Жулдыз Турсынбаева.Бундай шеберлик сабақлары жасларды исбилерменликке қызықтырыўда ҳәм келешекте өз исбилерменлигин баслаўда үлкен әҳмийетке ийе, - дейди шөлкемлестириўши координатор Гүлбаҳар Базарбаева. - Жасларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик бойынша билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, питкериўши жаслардың кәсипке деген қызығыўшылықларын қәлиплестириў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, қәнигеликлери бойынша жаңа жумыс орынларына жайласыўына бағдарланған бундай илажлар еле де даўам етеди.